1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»


Өзгертиўлерге қарсылықлар ҳәм оларды жоқ етиў



Download 158,8 Kb.
bet14/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Bog'liq
XAM

4.3. Өзгертиўлерге қарсылықлар ҳәм оларды жоқ етиў
Гейпара орынларда әмелге асырылып атырған өзгертиўлер көбинесе белгили бир қарсылықларға ушырасыўы мүмкин. Усындай қарсылықлар ақыбетинде мийнет өнимдарлығы, жумыс дәрежеси ҳәм өнимниң сапасының пәсейиўи, мийнет интизамының жаманласыўы, жумысшылардың көнимсизлиги, қызығыўшылықтың кемейиўи, кейпияттың түсип кетиўи, мийнет қарсылықлары келип шығыўы, әмелге асырылып атырған өзгертиўлерде жумысшылардың қатнасыўды қәлеўиниң жоғалыўы итималлығы пайда болады.
Өзгертиўлерге қарсылықлар ҳәр қыйлы болып келеди. Бундай қарсылықларда гейпара адамлар яки жәмийетлердиң қатнасыўы ямаса олар шөлкемлестириўшилик түрге айланыўы да мүмкин. Өзгертиўлерге айырым адамлардың қарсылығының дереклери төмендегише:
Адамлардың қабыллаўы. Адамлар мағлыўматты ҳәр қыйлы қабыллайды. Олар, бириншиден, қандай да бир анық ҳәдийсени түсиниўлерине сәйкес келетуғын яки қоллап-қуўатлайтуғын нәрсеге тийкарғы итибарды қаратады. Мысалы, олар өзлерине мақул болған мағлыўматты оқыў яки еситиўди қәлейди, олардың көз-қарасын өзгертиретуғын нәрсеге қызықпайдылар. Басқа бир тайпадағы адамлар болса мағлыўматты өзиниң көз қараслары тийкарында қабыллайды. Олардың айырымлары әдет болып қалған көз қараслар ҳәм мәнислерди өзгертиўди қәлемейди.
Жумысшылардың жеке өзи (шахсы). Жумысшылардың гейпара жеке өзгешеликлери (авторитарлық, фанатизмге бейимлилик сыяқлылар) көбинесе өзгертиўлерге қарсылықка тийкар болады. Гейпара бир жумысшылардың басқа шахслардың пикирине қарай ис тутыўы қарсылықтың және бир себеби болып табылады. Әдетте усындай абыройлы шахслар өзгертиўлерди мақулламағанға шекем қарсылық даўам ете береди. Бундай жағдайда көп нәрсе басшылардың қандай ис тутыўына байланыслы болады.
Адамлардың әдетлери. Гейпара жумысшылар кәрхана (структура, технология ҳәм жумыс усыллары) өзгерген болса да, алдыңғыдай етип ислей бериўди қәлейди. Адамның әдети оның қанаат етиў дереги болыўы мүмкин, себеби ол жағдайға масласыў имканиятын береди, қолайлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлейди. Адамның әдети өзгертиўлерге қарсылықтың әҳмийетли дереги болып қалама, жоқпа, бул нәрсе шахстың өзгертиўлерди қандай қабыллаўына байланыслы болып келеди. Мысалы, өзгертиўлер әдеттеги жумыс жағдайын пүткиллей өзгертирмесе, мысалы, жумыс ислеў дәрежесин бираз асырмаса яки жумыс күнин узайтырмаса, адамлар өзгертиўлерге қарсылық етпейди.
Адамлардың тәсир етиў ҳәм үстемлик етиўди қолдан шығарыўды ўайымлаўы. Адамлар кәрханада болып атырған өзгертиўлерди гейпара ўақытлары өзиниң әмелине ҳәм тәсирине ҳүжим деп есаплайдылар. Үстемликтиң бир түри, дереги болған ресурслар ҳәм мағлыўмат үстинен қадағалаў орнатыўы буған мысал бола алады. Өзгертиў нәтийжесинде бундай қадағалаўдан айырылыўы қарсылықка алып келеди. Басқарыўдың локализацияланыўы (жергиликлилестириўи) ҳәм кепилликлердиң басқаларға берилиўини де адамлар өзиниң үстемлиги ҳәм тәсирине қәўип деп түсиниўлери мүмкин.
Адамлардың абстрактлықтан қорқыўы. (Абстракция лат. Abstraction – ажыратыў, (өзб. Мавқумлаш – билишда объектив реалликдаги предмет) реал предметлерден ажырап қалыў). Абстрактлыққа адамлар көбинесе қәўипли қарайды. Жумыстағы ҳәр қандай өзгертиў абстрактлықты келтирип шығарады. Мысалы, жаңадан жумыс баслап атырған адамлар бул жумысты талап дәрежесинде орынлай алыўына гүман менен қарайдылар. Бундай жағдайларда өзгертиўлердиң өзи емес, ал олардың унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкинлиги гүманға себеп болады.
Экономикалық себеплерр. Егер өзгертиўлер даўамында өзлериниң дәраматлары кемейип қалса яки кемейиў дереги болса, адамлар бундай өзгертиўлерге қарсылық етиўлери мүмкин. Жумыс ислеп атырған адамлар белгили муғдардағы пулды қалай табыўды биледи. Алдыңғы жумыс тәртибиниң өзгериўи ақыбетинде ис ҳақысының кемейип қалыўынан қорқады.
Өзгертиўлерге шөлкемлестириўшилик қарсылықтың тийкарғы дереклери. Өзгертиўлерге белгили бир дәрежеде қарсылық етиў кәрхананың тәбиятына сай өзгешелик болып табылады. Кәрхана жумысының барлық тараўларында турақлылыққа ерисилсе, жумыслар жақсы әмелге асырылады. Кәрхана қандай да бир жаңалықты баслаўы менен, өнимдарлық пәсейиўи мүмкин. Өз хызметиндеги өнимдарлық ҳәм нәтийжелиликти сақлап қалыў ушын кәрхана тәбийий түрде өзгертиўлерге қарсылық етеди. Өзгертиўлерге қарсылық улыўма кәрхана тәрепинен де, оның айырым бөлимлери тәрепинен де болыўы мүмкин.

Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©www.hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish