Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet1/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226




Айымхан Шамуратова
Театр – өмирим хәм тәғдирим
Бул китапты қызы Айымгүл Шамуратова анасы Айымхан (Қазымбетова) Шамуратованың 100 жыллығына арнайды.
АЛҒЫ СӨЗ
«Ана тәғдириниң халық тәғдири менен тамыры бир болады. Мен өмиримде қаншама қыйыншылықларды бастан кеширгеним менен, усы халықлық исенимнен айырыла алмайман. Халық — ел аман, мениң де тири жүргеним соның арқасында».
Бул Шыңғыс Айтматовтың «Ана—Жер—Ана» спектаклиниң бас қаҳарманы Толғанайдың сөзи. Елимиздиң көп ғана театр сахналарынан түспей көрсетилип атырған бул атақлы шығарма қарақалпақ сахнасынан да кең орын алды. Усы атақлы шығарма қарақалпақ сахнасына ең дәслепки шыққан ўақытлары Толғанайды өзимиздиң театр тамашагөйлеримизге мен таныстырдым. Бирақ, ол мен ушын аңсат болмады. Шығарманың түп нусқасын да қайта-қайта оқып шықтым, оның менен қанаатланбастан бир қатар туўысқан халықлардың театрларында бул шығарманы сахналастырыўын көрдим.
Қырғызстан театр сахналарында болғанымда үлкен атақлы артистлердиң атқарыўындағы ана — Толғанай мени көп ойландырды. Ол туўралы ойласам өзимниң өткен өмирим көз алдыма елеслейди. Ал Толғанайдың аналық мақтанышы ҳәм қуўанышы — урысқа атланған үш перзентинен ҳеш биреўи қайтып оралмаған. Тек олардан анасына естелик болып, тек малақайы ғана қалады… Оның усы зарланған ҳәм муңлы даўысын театр сахнасында еситкен ўақытлары мениң де жүрегимди умытылып баратырған гөне дәрт сызлатқандай болады, жети бала менен жесир қалып, мезгилсиз үзилген гүлдей күйеўимниң басында аза тутқан күнлерим көз алдыма келеди.
Соңынан өзим Толғанай — ана ролинде ойнап, сахнада халық алдына шыққан ўақытларымда да ҳәрдайым жүрегим сызлайды. Бирақ кем-кемнен ананың зарлы сөзлерин сахнада айтқан сайын, жүрегиндеги қайғы-ҳәсиретинен қутылған адамдай, өзимди жеңил сезе баслайтуғын болдым. Соңынан негедур кеўилим қуўанышқа толып тасады. Бул, әлбетте, маған деген тамашагөйлердиң сый-ҳүрмети менен алғысының шарапаты болыўы итимал. Театрға дәслепки келген күнлеримнен баслап ҳәзирге шекем ҳәр күни қайталанып киятырған «образға кирип, жан берип атқарыў», деген режиссерларымыздың үлкенинен баслап кишкенесине дейин қайта-қайта айтатуғыны қулағымызда тал-тал еситилип турғандай болады десем асыра айтқан болмайман. Қаҳарманымның сөзин қайта-қайта айта берилгенликтен бе, ямаса усыған үйренип кеткенбиз бе, ол жағы нәмәлим, енди «есейип ержеткен» Толғанай болған ўақытларында да қайтадан усы сөзлер есиме келеди. «Ҳә, образға кириў деген усы екен ғой» деп, өзиме - өзим тоқтаў беремен.
Буның менен, мен усы ўақытқа шекемги атқарып келген роллерим — образларымды қалай болса солай, ядлап алып, айта бериппен демекши емеспен. Бир неше он жыллар бойына өзим атқарған, дөреткен образларым - бул мениң пүткил өмиримниң тымсалы ҳәм қуўанышым деп билемен. Өмиримди көркем өнерге бағышлаған тәғдирдиң маған саўғасы деп есаплайман ҳәм өзимди бахытлы сеземен. Өнерим менен бирге жасап киятырған мен турмыстың талай қыйыншылықларынан сүринбей өттим. Кеўилдиң гейбир тынышсыз ўақытларының жетегине ермедим. Толғаныслы ўақытларды өнердиң қызығы менен қуўанышына жеңдире билдим ҳәм буны мақтаныш етемен.
Және де Толғанайға оралайын. Оның: «халық, ел аман, мениң де тири жүргеним соның арқасында», деп айтқанларынан асырып, ямаса өзгертип мен ҳеш нәрсе айта алмайман. Халқыма қырық жыл хызмет етип, енди усы жыллар даўамында көргеним менен үйренгенлеримди, өнер сыйқырының көп тараўлы «сырын» сиз оқыўшылар менен ортақласыў ушын қолыма қәлем алып отырман. Гөне естеликлерди қайта жазып шығыўға кирисиўден бурын, мениң усындай белгили искусство шеберлериниң бири болыўым — туўылған халқымның қоллаўының арқасында, сизлердиң шын ықлас пенен ҳүрмет көрсетиўлериңиздиң нәтийжеси екенлиги қайта-қайта еске аламан ҳәм перзентлик миннетдаршылығымды билдиремен.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©www.hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish