Суйылтырылған еритпелердиң қайнаў ҳәм музлаў температуралары



Download 218,79 Kb.
bet1/7
Sana20.06.2022
Hajmi218,79 Kb.
#683360
  1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
суйылтырылган еритпелер


Суйылтырылған еритпелердиң қайнаў ҳәм музлаў температуралары
Жоқарыда еритпе таза еритиўшиниң қайнаў темпаратурасына қарағанда жоқарырақ температурада қайнайды, делинген еди. Еритпениң қайнаў темпаратурасы менен таза еритиўшиниң қайнаў темпаратурасы арасындағы парықды еритпе қайнау темпаратурасының көтерилиўи деп аталады.
Еритпениң концентрациясы қанша улкен болса, ол сонша жоқары темпаратурада қайнайды. Бул ҳадийсени түсиниў ушын 17-сүўретте көрсетилген диаграммадан пайдаланамыз. Бул диаграммада ОА сызығы таза еритиўши пуўы басымының, ОВ сызығы болса қатты жағдайдағы таза еритиўши пуўы басымының темпаратура өзгериўи менен өзгеретуғынын көрсетеди. (ОВ сызығы ОА сызығына қарағанда тиклеў болады, себеби пуў туўрыдан-туўры қатты жағдайға өткенде көбирек ыссылық шығады).
Бизге белгили, ҳәр бир суйықлық оның тойынған пуўы басымы атмосфера басымыны тең болғандағана қайнайды. Таза еритиўшиниң тойынған пуў басымы де 760 мм ге жетеди. Соның ушын таза еритиўши де қайнайды. Ритпениң тойынған пуў басымы ҳәмме ўақыт таза еритиўшиникинен төмен болғаны себепли оның пуўы басымын 760 мм ге жеткизиў ушын оны ға шекем емес, бәлким ға шекем қыздырыў керек. Демек, еритпе да қайнайды.
О1А1 сызығына Клаузиус-Клапейрон теңлемеси менен Раул нызамын усыныс етип, еритпе қайнаў температурасының көтерилиўин анықлаў ушын төмендеги формула табылған:
Т2 – Т1 = · g (1.165)
бул жерде Т2 – Т1 – еритпе қайнаў температурасының көтерилиўи, R-газ константасы, Т­1-таза еритиўшиниң қайнаў температурасы, 𝛌-1г таза еритиўшиниң қайнаў температурасындағы пуўланыў жыллылығы, g- болса 1000г еритиўшиде ериген зат муғдары. Егер
Т2 – Т1 =ΔТ ҳәм = Е (1.166)
десек, ол жағдайда ΔТ=E·g формулаға ийе боламыз. Бул формулада Е-еритиўшиниң эбулиоскопик константасы. Е ниң физикалық мәниси соннан ибарат, ол 1000 г еритиўшиде 1 мол затта еригенде пайда болған еритпениң неше дәреже артық екенлигин көрсетеди. Оның мәниси тек ғана еритиўшиге байланыслы болып, ериген затқа байланыслы емес. Ҳәр қайсы еритиўши өзине тән эбулиоскопик константаға ийе. Мәселен, суў ушын Е ни есаплап шығайық. Бизге белгили, 1г суў 1000 да пуўға айланғанда 539 кал жыллылық жутылады. Демек,
Е= = = 0.516
болады.
Егер в гр. еритиўшиде а гр. зат ериген болса, қайнаў температурасын табыў ушын төмендеги пропорцияны жазыў мүмкин: заттың моляр концентрациясы М/1000 болғанда қайнаў температурасының көтерилиўи Е болса, концентрациясы болғанда қайнаў температурасының көтерилиўи ΔТ болады:
ΔТ = (1.167)
Бул жерде, М-ериген заттың молекуляр массасы. 11-кестеде бир нешше еритиўшилер ушын Е ниң мәнислерии келтирилген.
Суйықлық музлағанда оның тойынған пуў басымы муз пуўының басымына тең болады. Суў 00 С да музлайды, себеби 00 да суўдың тойынған пуў басымы 4.6 мм сынап пағанасы басымына тең болған жағдайда, муздың тойынған пуў басымыда 4.6 мм сынап пағанасы басымына тең болып есапланады. 17-сүўреттеги диаграммада АО сызығы менен ОВ сызығы О ноқатта ушырасқаны ушын таза еритиўши де музлайды.
11-кесте

Download 218,79 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©www.hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish