Туребеков М


§ 5. Королинглердиң франк монархиясы



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 5. Королинглердиң франк монархиясы 
 
Австразия майордомы Пипин мәмлекеттиң басына шығып жаңа династияға 
негиз салды. Соңынан олардың ишиндеги ең ириси Уллы Карлдиң аты менен 
«Королинглер династиясы» деп аталды. Бул династия VII әсирдиң ақырынан 
IX әсир орталарына шекем дәслеп майордом лаўазымына, 751-жылдан баслап 
король лаўазымында басқарады. Бул дәўирде аграрлық қатнасларда күшли 
өзгерислер болып ол феодаллық қатнаслардың толық қәлиплесиўине алып 
келди. Аўдарыспақтың мәниси жәмийеттеги социаллық қатламлардың 
есабынан ири жер ийеликлериниң пайда болыўы, еркин дийханлардың 
аўҳаллары қыйынласып, өзлериниң жерлеринен айырылып әстелик пенен 
ғәрезли дийханларға оннан крепостнойға айланды. VIII әсирдиң басында 
Франк мәмлекетинде бир-бирине қарама-қарсы еки социаллық класс 
қәлиплести: феодаллар ҳәм крепостной адамлар. Феодаллар галло-рим ҳәм 
Герман қәўимлериниң келип шыққан ири жер ийелери болып, олар 
салыстырмалы түрде орайлық ҳәкимиятың ғәрезсизлениў ҳәм айырым 
жағдайларында оған қарсы қураллы гүреске шыққанлар еди. Крепостнойларға 
ҳәр қыйлы дәрежеде ғәрезли болғанлар топары киреди. Олардың белгили бир 
бөлеги галло-римлердиң әўладлары, қураллары, колонлары ҳ.т.б. қурады. 
Олардың ортасындағы айырмашылық әстелик пенен жоғалып барады. 715-741- 
жыллары басқарған Карл Мартелл (шөккиш) мәмлекетти басқарыўда ишки 
қарсылықларды сапластырыў сиясатын алып барады. Ол Нейстрия 
феодалларының ҳәм соңынан Аквитания ҳәм Прованс герцогларының 
көтерилислерин бастырып болғанан соң Дунай арты қәўимлерин (сакслар, 
фризлер, алеманлар, варварлар) қайта басып алып оларға салық салып қойды. 


23 
732-жылы Карл Мартелл Пуате жанында араблардың әскерлерин қыйратады. 
Ол бенефициаллық реформа өткизеди ҳәм бул бойынша белгили бир хызметин 
атқарғаны ушын әскерге өмирликке пайдаланыўға берилген жер берилди. 
Көпшилик жағдайда атлы әскерий хызмет атқарған ушын берилетуғын еди. 
Реформа бойынша берилетуғын жерлердиң тийкарын мәмлекетке ямаса 
королге қарсы гүрескенлерден тартып алынған жерлер қурады. 
Реформа бир қатар социаллық ақыбетлерге алып келди ҳәм бирден майда 
ҳәм орта феодаллардың жағдайлары беккемледи. Олар атлы әскердиң 
тийкарын қурады ҳәм олар келешектеги рыцарларға негиз салды. Дийханлар 
әскерликтеги тийкарғы күш болыўдан қалды. Екиншиден феодаллық жер 
ийелеўшилик беккемленди ҳәм дийханлардың крепостнойлыққа айланыўы 
тезлетилди. Реформа бойынша жерлерди бергенде ол жерде отырған халықты 
қосып берилип жиберилген. Ол жерде отырған халық пенен ийеси ортасында 
тәртип қәлиплеседи. Басқада жер ийелериде усындай жерлерди (бенефицияға) 
бериў тәртибине өтеди. Дәслепки ўақытлары реформаның нәтийжесинде 
орайлық басқарыў күшейди. Ол ҳәм оның мийрасхорлары ири феодалларға 
сүйенди ҳәм мәмлекеттиң шегараларын кеңейтти. Мартеллдиң баласы 
майордом Пипин Кароткий (Мыртық) (741-768-жыллар) ширкеў менен 
қатнасты тәртиплестирди. Ширкеўдиң бөлистирилген жерлери оның меншиги 
деп есапланып оннан пайдаланыўшы бенефиционерлер белгили қәрежет 
төлеўи белгиленеди. Соның менен бирге олар мәмлекеттиң пайдасы ушын 
әскерий хызмет атқарған. Ширкеў королден рухсатсыз өз жерин қайтып ала 
алмаған. Басқарыў ҳәмме ўақытта Рим папасы менен тығыз байланыста болды. 
751-жылы Суассонде франк ақсүйеклериниң ҳәм бағынышлы адамларының 
жыйналысында папаның келисими менен Пипин франклердиң короли болып 
жәрияланды. 
Папа мәмлекетиниң пайда болыўы
. Пипин папаға избе-из хызметлер ислеп 
турды ҳәм ол папа Стефан шақырығы бойынша еки мәртебе Италияға атланыс 
жасайды. 754 ҳәм 757-жыллары лангоборд короли Айстульфқа қарсы гүрес 
жүргизип оның бурынғы ийелеген жерлерин (Рим ўалаяты қалалары ҳәм Равен 
экзархат) папаға қайтарып бериўге мәжбүрлейди. Нәтийжеде 756-жылы Рим 


24 
папасы диний мәмлекети дүзиледи. Соңынан ол дәслеп Италияда соң христиан 
дүньясында басшылық етиў ушын талапланады. Папа өтирик дүзилген 
ҳужжетке сүйенип ҳәрекет ислейди. Ол ҳужжетте IV әсирде император 
Константин папаға Рим қаласы, Италияны ҳәм Батыс Римди «бергенбиш» 
делинген. Бул ҳужжеттиң өтирик екенлиги XV әсирде Лоренце тәрепинен 
дәлийлленди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©www.hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish