1-модуль. ШӨлкемлестириўшилик минез-хулықТЫҢ теориялық тийкарлары 1-тема. «Шөлкемлестириўшилик минез-хулық»



Download 158,8 Kb.
bet3/16
Sana24.02.2022
Hajmi158,8 Kb.
#214122
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16
Bog'liq
XAM

Мен – концепциясы шахстың қоршаған орталық пенен өз-ара тәсири процессинде қәлиплеседи ҳәм хулықтың өзини-өзи басқарыў интеграл механизми болып есапланады. «Мен-образы»ның турақлылығы инсан минез-хулқының логикалылығы ҳәм турақлылығына тийкар жаратады. Инсан өзиниң әҳмийетин характерлеўши белгили өзгешеликлер топламын жүзеге келтириўге ҳәм оны турақлы түрде сақлап турыўға умтылады. Соған муўапық түрде өзиниң қоршаған орталық пенен қатнасықларын орнатады, өзини өзи баҳалайды ҳәм басқа инсанларға баҳа береди.
Инсан аң-сезимине өзиниң образын қорғаў руҳый механизмлери сиңдирилген болып, олар шахстыңг руҳый теңсалмақлылығы ҳәм руҳый комфортын сақлап турыў ушын керек. Бирақ бундай механизмлер шахс тәрепинен жаратылған ишки образға тәсир етиўши критикалық пикирлерди қабыллаўды қыйынластырыўы, оның қыялына сәйкес келмейтуғын объектив мағлыўматларды тосып қойыўы, соның менен бирге, егер олар жүзеге келген «МЕН-образы»на сәйкес келсе, дурыс емес ҳәм ҳәттеки жалған мағлыўматларды сөзсиз қабыллаўы мүмкин.
Россияда шөлкемлестириўшилик минез-хулқты изертлеўге бағышланған дәслепки жумыслар 1980-жыллардың ақырында мийнет социологиясын үйрениў орталығында пайда болды (А.А.Дикарева, М.И.Мирская, 1989, Н.И.Дряхлова, А.И.Кравченко, В.В.Шербина, 1993). Оларда тийкарғы итибар жәмийетшиликте мийнет қатнасықларын турақлыластырыў, кәрхананың профессионал структурасын өзгертиў ҳәм шахстың раўажланыўының социаллық тәреплерине қаратылды. 1990-жылларда шөлкемлестириўшилик минез-хулқы мийнет етиў процессинде шахстың өзине сай өзгешеликлериниң қәлиплесиўи ҳәм көзге тасланыўын изертлеўши экономикалық психологияның үйрениў темасына айланды. Буннан тысқары, шөлкемлестириўшилик минез-хулқы тез пәт пенен раўажланыўшы орталықта басқарыў объекти түринде илимий билим ҳәм басқарыў әмелиятының және бир жас тараўы – инсан ресурсларын басқарыў концепциясы менен байланыслы түрде көрип шығылады.
Бундай концепция кәрхананың ең баҳалы активи есапланған, кәрхана мақсетлерине ерисиўге үлес қосыўшы инсанлардан пайдаланған түрде бәсекиге шыдамлылықты беккемлестириў ҳәм асырыў, қосымша мағынасын жаратыў ҳәм нәтийжели басқарыў процессин жолға қойыў шөлкемлестириўшилик эзәрүрлигине сәйкес келеди. Бул концепцияда инсанлар жаңа технологияларға қарағанда кем болмаған муғдарда қаржы жумсалыўы керек болған «инсан капиталы» түринде яки өзиниң жумысқа садықлығы, масласыўшаңлығы, мийнети, шеберлиги, көнликпелериниң жоқары сапасы ҳәм терең билимге ийелиги есабынан бәсеки үстинлигин жаратыўшы «баҳалы актив» түринде көрип шығылады.
Мәниси П.Друкер, Ж.Пол Гетти ҳәм басқалардың мийнетлеринде баян этилген системалы қатнасық бойынша кәрханалар, мийнет жәмийетлери – төмендеги көп санлы системалы өзгешеликлерге ийе болған қурамалы системалар болып табылады: бир тутаслық, структуралық, система ҳәм орталықтың өз-ара байланыслылығы, өз бетиншелиги, масласыўшаңлығы, иерархиялығы, динамикалық, инертлилиги. Системалардың ис-ҳәрекетин болжаў қыйын, ҳәр қандай болжаў итималлық өзгешеликке ийе. Оларга тәсир етиў усыллары усы объектлердиң системалылық мәнисин, олардың улыўмалық ҳәм өзине сай өзгешеликлерин түсиниў тийкарында таңланады.
Бунда менежерлер кәрхананы, мийнет жәмийетин инсанлар, структура, ўазыйпалар ҳәм технология сыяқлы өзгериўшең сыртқы орталық жағдайында ҳәр қыйлы мақсетлерге ерисиўге бағдарланған өз-ара байланыслы элементлер жыйындысы түринде көрип шығыўлары керек.
Жағдайдан келип шыққан түрде қатнас жасаў мийнет жәмийетин системалы қабыллаўға қосымша түрде, басқарыў жағдайын, яғный жағдайлар топламын ҳәм жағдайлар факторларының инсанлардың кәрханадағы минез-хулқына тәсирин есапқа алыўын талап етеди. Басқарыўға қарағанда бундай қатнасық, кәрхана ҳәм оның әтирапындағы бар болған анықсызлық, жағдайлардың ҳәр қыйлылығы себепли жүзеге келетуғын басқарыў ўазыйпаларын шешиў вариантларының көплиги нәтийжесинде улыўма басқарыўға қарағанда жалғыз универсал қатнасық жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емеслигин анықлап берди. Инсанлардың ис-ҳәрекетин болжаў ушын жағдайдың тәсирин ҳәм оның система, яғный жәмийет, кәрхана тәрепинен қабылланыўын есапқа алыў керек.
Кәрхананы, мийнет жәмийетин басқарыўдағы муғдарлы қатнасық оларда болып атырған процесслерди «математизациялаўға», олар хызмет етиўиниң экономикалық-математикалық моделлерин жаратыўға бағдарланған.
Олардың хызметин болжаў итималлық теорияға, экономикалық-математикалық ҳәм статистикалық қатнасықларға, операцияларды изертлеў теориясына тийкарланыўы керек. Кәрханаларды, жәмийетшиликти басқарыў бойынша шешимлер қабыллаўда усындай усылларды қоллаў мақсетке муўапық болып табылады.
Басқарыўға қарағанда процессли қатнасық басқарыўды өз-ара байланыслы функцияларын орынлаўдың үзликсиз процесси түринде түсиндиреди: жағдайды ҳәмде кәрхана ҳәм жәмийетшиликтиң ҳәзирги жағдайын анализлеў, олардың хызметин жобаластырыў ҳәм шөлкемлестириў, басқара алыў, хошаметлеў, басшылық етиў, муўапықластырыў, қадағалаў, изертлеў жумыслары, коммуникациялар, баҳалаўлар, шешимлер қабыллаў, жумысшыларды таңлаў, сәўбетлесиўлер алып барыў, ўәкиллик ҳәм т.б. Бунда ҳәр қандай заманагөй кәрханада инсанлардың минез-хулқына тәсир етиўде қолланылатуғын усыллар жүдә ҳәр қыйлы – административлик, экономикалық, социаллық-руҳый.
А.Смит, Ж.Минсердиң инсан капиталы теориясы кәрханадағы инсанларды раўажланыўды талап етиўши өз алдына түрдеги инсан капиталы дереклери түринде түсиндиреди. Бундай капиталды басқарыў – оны жамғарыў, раўажландырыў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўды аңлатады.
Инсанлардың минез-хулқына тәсир етиў усыллары – үйретиў, экономикалық тәсир етиў. Д.Мак Грегордың «Х» ҳәм «Y» теориялары жумысшылардың менежерлер сезиминде үстинлик ететуғын еки моделди түсиндирип береди. Менежерлер қол астындағыларды «Х» яки «Y» теорияға муўапық қабыллайды.
«Х» теорияға муўапық орташа инсанға жумысқа суўық мүнәсебетте болыў (жақтырмаў) ҳәм имканы барынша ислемеў сәйкес. Усындай қатнастағы жумысшылардың көпшилигин мийнет етиўге мәжбүрлеў, олардың жумысларын қадағалаў, оларға буйрық бериў яки жаза менен қорқытыў керек.
«Y» теорияға муўапық инсанлар тәрепинен жумыс процессинде физикалық ҳәм психологиялық энергияның сарпланыўы – инсан ушын ойын яки дем алыў сыяқлы тәбийий жағдай. Инсан өзине мақул болған шөлкемлестириўшилик мақсетлерине ерисиўи ушын өзиниң хызметиниң бағдарларын өз бетинше белгилеўге, өзини өзи қадағалаўға умтылады. Усындай қатнасық пенен менежерлердиң ўазыйпасы – жумысшылардың мийнет дәрежелигин ашыў ҳәм раўажландырыў ушын қолайлы жағдайларды жаратыўдан ибарат.
1981-жылда америкалы профессор У.Оучи, Д.Мак Грегордың идеяларын толықтырып, «Z» теорияны алға сүрди. Япония басқарыў тәжирийбесин үйренип, ол ҳәр қандай кәрхана өнимдарлы басқарыў түрин усыныс етиўи мүмкин, деген жуўмаққа келди.
Инсан ҳәр қандай кәрхананың тийкары, кәрхананың хызмет етиўиниң жетискеншилиги биринши гезекте оған байланыслы, деген қағыйда усындай концепцияның басланғыш точкасы болып есапланады. Оучи «Z» теорияның тийкарғы қағыйдалары болып есапланған инсанларды басқарыўдың төмендеги қағыйдаларын көрсетип берди:

  • кадрларды узақ мүддетке жаллаў;

  • шешимлерди группалық түрде қабыллаў;

  • жеке жуўапкершилик;

  • кадрларды асықпастан баҳалаў ҳәм оларды әсте-ақырын көтериў;

  • жасырын түрде нарәсмий қадағалаў;

  • қәнигелестирилмеген лаўазым;

  • жумысшылар ҳаққында ҳәр тәреплеме қайғырыў;

  • жумысшылардың өзини-өзи кәрхана менен идентификациялаў.

Минез-хулық теорияларының түсиндирмелеринен көриўге болады, творчестволық ойлаў инсанның кәрханадағы минез-хулқы принциплери ҳаққындағы жаңадан-жаңа идеяларды алға сүриў арқалы турақлы түрде раўажланды. Изертлеўлер инсанның мийнет нәтийжелеринен қәнаатланыў дәрежесин асырыў ҳәм мийнет өнимдарлығын асырыў ушын шахслараралық қатнасықларды басқарыў усылларын қоллаў имканиятын берди. Инсанның минез-хулқы ҳаққындағы билимлерди кәрхананы қәлиплестириў ҳәм басқарыўға қарағанда қоллаў ҳәр бир жумысшының дәрежесине муўапық оның толық талап етилиўи ушын жағдайлар жаратыў имканиятын береди. Әлбетте, минез-хулқ теориясының эволюциясы инсанның шешиўши ролин ҳәмде оның кәрхана хызметиндеги социаллық, психологиялық ҳәм басқа да өзгешеликлерин жәнеде көбирек тән алыў бағдарынан барады.



Download 158,8 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   16




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©www.hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish